Усы жылы 13-январь күни 33- санлы қәнийгелестирилген мектепте 14- январ “У́атан қорғау́шылары күни”не бағышланып” Менде әскер боламан” атамасында салтанатлы кеше болып өтти.
Кешеге Шоманай районы қорғаныу́ ислери бөлими баслығы Подполковник Р. Мадалиев, Шоманай районы қорғаныу́ ислери бөлими хызметкери А.Нуруллаев, ХББ руу́хый-ағартыу́шылык ислери бойынша сектор баслығы Г.Темирханова, мектеп жәмаати хәм окыу́шылар қатнасты. Кеше еки республиканың мәмлекетлик гимнлери менен басланып мектеп директоры Т. Сейдаметова ашып берди. Буннан соң мийманлар сөзге шығып бәршени байрам менен қутлықлады.