ϴзбекстан Республикасы қураллы күшлериниң қабыл етилгенине 28-жыл толыў, 14-январ “Ўатан қорғаўшылар күни” мүнәсибети менен ҳәмде балаларымызды ўатанға деген мухаббатын күшейтиў мақсетинде Шоманай районы ҳәкими орынбасары А.Қайпназаров Мектепке шекемги билимлендириў тәрбияланыўшылары менен ушырасты.
Ушырасыўда балалар ѳзлериниң келешектеги мақсетлерин, әскер болып, ўатанды кѳз қарашығындай асырап абайлаўға деген умтылыўларын, ўатанына хызмет етиўлерин айтып таң қалдырды. Район ҳәкими орынбасары А.Қайпназаров балаларды байрам менен қутлықлап саўғалар тапсырды.