Усы жылдың 9-январь күни Шоманай районы 13-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 4-январь күнги Қарақалпақстан Республикасындағы министрлик, мәкеме ҳәм шѳлкемлер басшыларының жаслар менен ушырасыў кестесине муўапық Шоманай районында жаслар менен ушырасыў болып ѳтти.
Ушырасыўда Шоманай районы ҳәкиминиң аталыққа алынған районлық Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 10-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Алламбергенова Малика мектебине тигиў машинасын алып бериўде әмелий жәрдем кереклигин айтып мүрәжет етти ҳәм район ҳәким Б.Янгибаев мүрәжетти орында унамлы шешип, 10-январь күни Шоманай районы ҳәкиминиң орынбасары А.Қайпназаров, жас исбилермен тигиўшилик цехи баслығы Ш.Юсупбаева менен биргеликте барып мектеп оқыўшыларына 2 тигиў машинасын тапсырды ҳәм мектептиң мийнет пәни оқытыўшыларына семинар-тренинг ѳткерилди.