Шоманай районы 16-санлы улыўма ҳәм орта билим бериў мектебинде 5-6-7-8-9-10- январь күнлери «ПӘН ОЛИМПИАДАСЫ» II-басқышы районлық басқышы болып өтти.
Пән Олимпиадасында 9-10-11-класс оқыўшыларынан жами 798 оқыўшы қатнасқан болып, солардан, мектеп оқыўшылары 767 оқыўшы, қәнийгелестирилген мектеп оқыўшыларынан 31 оқыўшы қатнасты.
21-пәннен өткерилген пән олимпиадасында жәми жеңимпазлар саны 62-оқыўшы болып солардан, мектеп оқыўшылары 56 оқыўшы болса ал, қәнийгелестирилген мектеп оқыўшыларынан 6 оқыўшы жеңимпаз болып, Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламалар берилди ҳәм жеңимпаз оқыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлықлар тапсырылды.