Усы жылдың 9-январь күни Шоманай районы 13-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 4-январь күнги Қарақалпақстан Республикасындағы министрлик, мәкеме ҳәм шѳлкемлер басшыларының жаслар менен ушырасыў кестесине муўапық Шоманай районында жаслар менен ушырасыў болып ѳтти.
Ушырасыўды район ҳәкими Бахадыр Янгибаев кирис сѳзи менен ашып берди ҳәм алып барды. Бүгинги күнде район халқыныӊ саны 55 000 нан аслам болса, соннан 30 жасқа шекемги жаслар саны 30 000 нан асламын қурайды. Районымыз жасларыныӊ бос ўақытларын мазмунли шөлкемлестириў мақсетинде 2019-жыл даўамында руўхый-ағартыўшылық, спорт, социаллық-қорғаў, көркем-өнер тараўларында жәми 500 ден аслам түрли иләжлар шөлкемлестирилди.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен өткен 2019-жылы 27-декабрь күни жаслар менен ушырасыўындағы баянатын кеӊ қатламлы халыққа жеткериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министири Қ.Турдиев, ϴзбекстан Республикасы мәмлекет активлерин басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқарма баслығы орынбасары А.Сағидуллаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў агентилиги баслығы орынбасары Б.Исмайловлар жаслар менен ушырасып, ушырасыў барысында мәмлекетимизде жасларға деген имканиятлар жаратылғанлығын айтып ѳтти.
Жаслар тәрепинен 15 мүрәжат келип түсип орнында ѳз шешимин тапты. Ушырасыў соңында райондағы белсенди ҳәм жақсы пикир усыныс билдирген жасларға китаплар саўға етилди.