Múrájat ushın isenim telefonı

background

МАҚСЕТИМИЗ ШОМАНАЙДА СПОРТТЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ

МАҚСЕТИМИЗ ШОМАНАЙДА СПОРТТЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ

Усы жылдың 7-январь сәнесинде Шоманай районы 13-санлы балалар музика ҳәм кѳркем ѳнер мектебинде Район ҳәкими орынбасары А.Қайпназаров район аймағындағы оқыў орынларының дене тәрбиясы пәни оқытыўшылары, спорт мектебиниң тринер оқытыўшылары, спорт усталары ҳәм жаслар жетекшилери менен ушырасты. Ушырасыўда 2020-жыл даўамында районда спорт тараўындағы кемшиликлерди сапластырыў, спорт жарысларын кѳбейтиў арқалы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы ѳткериў, спорт дѳгереклери санын кѳбейтиў ҳәм сапасын жақсылаў, сондай ақ спорт тараўында жетискенликлерге ерискен жасларды кең жәмийетшиликке таныстырып барыў тийкарғы мақсетимиз екенлиги айтып ѳтилди.

Ушырасыў даўамында 2020-жыл биринши шереги даўамында әмелге асырылатуғын жумыслардың ис-иләжлар режесиде белгилеп алынды.

Skip to content