Ҳүрметли Президентимиздиң 2019-жыл 27-декабрь күни Ташкент қаласындағы Мухаммед ал-Хорезмий атындағы мектепте Республикамыздың бир қатар белсенди жаслары менен ушырасыў ѳткерди ҳәм ушырасыўда Республикамыздың сектор басшыларына жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм унамлы шешиў бойынша тапсырмалар белгиленген еди. Сол мүнәсибет пенен 2020-жыл 4-январь күни Шоманай районы «Кетенлер» аўыл пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Каримов Хидир Саматовичтың район жаслары менен ушырасыўы, кѳшпели қабыллаўы болып ѳтти.
Кѳшпели қабыллаўға Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Каримов Хидир Саматович, Шоманай районы ҳәкими Бахадир Янгибаев Янгибаевич, ҳәм сектор басшылары, мекеме ҳәм кәрхана шѳлкемлер басшылары, тийисли тараў қәнийгелери ҳәм район жаслары қатнасты.
Қабыллаўдағы ушырасыўда район жасларының қыйнап жүрген машқалалары тыңланып, тийисли мекеме шѳлкемлер басшыларына үйренип, унамлы шешиў бойынша тапсырмалар берилди.