ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ ШОМАНАЙ РАЙОНЫ КЕҢЕСИ ДЕПУТАТЛАРЫН ДИЗИМГЕ
АЛЫЎ ҲАҚҚЫНДА
2020-жыл 5-январьда Халық депутатлары Шоманай районы Кеңесине өткерилген қайта даўыс бериў болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының “Сайлаў ҳаққында”ғы Нызамына толық муўапық түрде болып өткен қайта даўыс бериўде 8102 сайлаўшы яки дизимге киргизилген сайлаўшылардың 72,6 пайызы қатнасты.
2020-жыл 5-январьда болып өткен қайта даўыс бериў жуўмақлары ҳаққындағы округ сайлаў комиссияларының баянламаларына тийкар Қарақалпақстан Республикасының “Сайлаў ҳаққында”ғы Нызамының 20 ҳәм 78 – статьяларына муўапық халық депутатлары Шоманай районы Кеңесине қайта даўыс бериў өткериўши Шоманай районы сайлаў комиссиясы
Қ А Р А Р Е Т Е Д И :
1. Халық депутатлары Шоманай районы Кеңесине сайлаў округларынан қайта даўыс бериўде сайланған депутатлар қосымшаға муўапық дизимге алынсын.
2. Усы қарар жергиликли ғалаба хабар қуралларында жәриялансын.
3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Шоманай районы сайлаў комиссиясының хаткери С.Есназаровқа жүкленсин.
Халық депутатлары Шоманай районы
Кеңесине сайлаў өткериўши районлық
сайлаў комиссиясының баслығы Р.Галиакберов
2020-жыл 5-январь 35-сан