2019-жыл 28-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти басламасы менен бес аҳмийетли басламанын орынланыўы бойынша Мектеп Театры бағдарламасы тийкарында 13-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрының актрисасы Лиза Утепбергеновна Халқназарова менен мектеп оқыўшыларының ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў даўамында музыка мектеби оқыўшыларына театр бойынша мастер класс өткерилип, оқыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.