Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында «Президент аршасы» мүнәсип белгиленди

Шоманай районында «Президент аршасы» мүнәсип белгиленди

Ҳәр жылы Республикамыз бойлап жаңа жыл байрамына бағышланып өткерилетуғын «Президент аршасы» 2019-жыл 28-декабрь күни Шоманай районында да болып өтти. Өткерилген «Жаңа жыл» байрамына Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, сектор басшылары, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры актрисасы Л.Халқназарова, мекеме ҳәм кәрхана басшылары, ата-аналар, мектеп оқыўшылары менен  мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшылары қатнасты.

Ташкент қаласынан шыққан «Саўғалар кәрўаны» районымызға жетип келип, район ҳәкими Б.Янгибаев, сектор басшылары менен биргеликте байрам мүнасибети менен райондағы бағыўшысынан айрылған балаларға Президент саўғасын тапсырды. Сондай-ақ райондағы кем тамийнленген, майыплығы бар балаларға ҳәм қабилетли оқыўшыларға да байрам саўғалары тапсырылды. Байрам Шоманай районы мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Skip to content