Múrájat ushın isenim telefonı

background

ЖАҢА ЖЫЛҒА ЖАСЛАРҒА МҮНӘСИП САЎҒА

ЖАҢА ЖЫЛҒА ЖАСЛАРҒА МҮНӘСИП САЎҒА

Шоманай районындағы жас исбилермен «Shomanay grand plyus» жеке меншик кәрханасы баслығы Жумабаев Алийшер «Жаслар-келешегимиз» мәмлекетлик дәстүри тийкарында 250 миллион сум жеңиллетилген кредит алып, жасалма қапламалы киши футбол майданшасын тез пәт пенен қурып питкерди. 2019-жыл 30-декабрь күни усы жасалма қапламалы киши футбол майданшасының ашылыў мәресими болып өтти. Салтанатлы ашылыў мәресимине район ҳәкими Б.Янгибаев. сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, мәкеме. кәрхана басшылары ҳәм жаслар менен бир қатарда нураныйлар да қатнасты. Ашылыў мәресимде сөзге шыққанлар райондағы жаңадан пайдаланыўға тапсырылып атырған спорт майданшасының ашылыўы менен қутлықлады ҳәм келешекте бул майданшада ойнаған жасларымыздан чемпионлар шығыўына тилеклес болды.   

Президентимиз тәрепинен илгери сүрилген бес әҳмийетли басламаның екинши басламасы Жаслардың спорт тараўындағы қәбилетин жүзеге шығарыў ушын зәрүр шарайытлар жаратып бериўге бағдарланады. Менде келешегимиз болған жас-әўладлардың саламат болып жетилисиўи ушын өз үлесимди қосыў мақсетинде усы спорт майданшасын қурыўды мақсет еттим, мине бүгин сол мақсетиме еристим дейди жас исбилермен Жумабаев Алийшер.

Соң Балалар өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары ортасында спорттың киши футбол түринен жарыс шөлкемлестирилип, биринши орынды алған командаға кубок ҳәм саўғалар тапсырылды.

Skip to content