Қалбаев Ақылбек Аңсатбаевич Шоманай районы Мамый аўылындағы 23-санлы мектептиң 9-класында оқыйды. Ол мектептиң үлгили оқыўшылар қатарынан орын ийелеген, себеби район көлеминде өткерилген пән олимпиядасында “Тарийх” пәнинен жоқары балл топлап екинши ҳәм үшинши орынларды ийелеп келмекте. Ақылбек оқыўдан бос ўақытларында балалар өспиримлер спорт мекебиндеги гүрес дөгерегине қатнасып келеди. Бул дөгерекке қатнасыўына көп ўақыт болмасада район көлеминде өткерилген спорт жарысларында сыйлы орынларды ийелеп келмекте.
Оқыўдан ҳәм дөгереклерден бос ўақытларында үй жумысларына қарасады. 2019-жылдың 8-декабрь сәнеси дем алыс күни болғанлықтан бизиң қаҳарманымыз Ақылбек Қалбаев анасының нан жабыўы ушын жәрдем бериў мақсетинде даланлықтан тандыр ушын отын жыйнап үйине келеди. Сол ўакытта көше тәрептеп қоңсы балалар ҳаўлығып Исабек ҳәўизге түсип кетти жәрдем бериң, Исабек шөгип кетежақ деп бақырып келеди. Бул сөзлерди еситкен Ақылбек дәрҳал жуўырып ҳәўиз тәрепке барады. Жетип барса Исабек суўдың ишине шүмип баратырған екен. Ақылбек ойланып отырмастан дәрҳал өзин суўға атып Исабекти суўдан шығарып алады ҳәм сол жерде биринши жәрдем көрсетеди.
Сол ўақытта Исабектиң әкеси менен анасы келип баланы емлеўханаға алып кетеди. Ақылбектиң биринши медициналық жәрдеми Исабектиң өмирин сақлап қалды.
Туўылып өскен ана Ўатанның тынышлығын сақлаў, оның абаданлығы ушын хызмет етиў, үлкенге ҳүрмет, кишиге иззет көрсетиў ҳәр бир жастың миннетли ўазыйпасы есапланады. Бизиң қаҳарманымыз Ақылбекте ата-анасының, устазларының берген билим ҳәм тәрбиясын ақлап, өзиниң жанын гиреўге қойып өзгениң өмирин сақлап қалыўдай мәртлик ҳәм ғарезсизлик жасларына сай қаҳарманлық иследи.
Еле мектеп оқыўшысы болыўына қарамастан ислеген ерлигин инабатқа алып район ҳәкими жаңа жылға бағышланған байрам кешесинде Ақылбектиң ата-анасына миннетдаршылық ҳаты ҳәм Ақылбекке қол телефоны менен велосипед саўға етти.
Биз жәмийетимизде Ақылбекке ўқсаған қаҳарманлар көбейиўине тилеклеслик билдиремиз.