Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районы ҳәкими секторында қайырқомлық жумысы әмелге асырылды

Шоманай районы ҳәкими секторында қайырқомлық жумысы әмелге асырылды

Усы жылдың 25-декабрь күни   Шоманай районы 1-секторға қараслы «Ақжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы екинши топар майыбы  Қалбаева Жулдыздың район Халық қабыллаўханасына майыплығы себебли үйинде тигиўшилик пенен шуғылланыўы ушын тигиў машинасы менен тәмийнлеп бериўди сорап еткен мүрәжети бойынша 1-сектор баслығы район ҳәқими Б.Янгибаев, ϴзбекстан Республикасы Президентиниң Шоманай районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы И. Абдрахманов, қәўендер «Ақ қум» ф/х баслығы  К.Камалов, «Ақжап» АПЖ ақсақалы Т.Назаров, «Ақжап» АПЖ профлактика инспекторы А.Абдикаликовлар менен биргеликте тигиў машинасын жасаў мәнзилине апарып берди.

Мүрәжет ийеси мүрәжетиниң унамлы шешилгени ушын Президентимизге, район ҳәкимине, Халық қабыллаўханасына, қәўендерлик қылған фермер хожалығына ѳз миннетдаршылығын билдирди.

Skip to content