Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районы «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны имәраты алдында жаңа жыл байрамы ѳткерилди

Шоманай районы «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны имәраты алдында жаңа жыл байрамы ѳткерилди

2019-жыл 25-декабрь күни Шоманай районы «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны имәраты алдында жаңа жыл байрамы ѳткерилди. Байрам кешесине Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, Шоманай районы Халық қабыллаўханасы баслығы И.Абдрахманов, «Мамый» АПЖ ақсақалы К.Атаниязовлар ҳәм аўыл турғынлары қатнасты.

Байрамды район ҳәкими Б.Янгибаев қутлықлаў сѳзи менен ашып берди ҳәм кем тәмийнленген шаңарақ перзентлерине байрам мүнәсийбети менен саўғалар тапсырды. 11-санлы мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми тәрбияланыўшылары тәрепинен атқарылған аяқ ойынлар, қосықлар келген мыйманларға ѳзгеше байрам кейпиятын бағышлады.

Skip to content