2019-жыл 24-декабрь күни Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде биринши класс оқыўшыларының “Әлипбе” байрамы ѳткерилди.
Байрам кешесинде жаңадан бой тиклеген мектептиң биринши класс оқыўшылары тәрепинен концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшыларына усынылып, оқыўшылардың ата-аналары перзентлериниң қуўанышын кѳрип басқаша сезимде байрамлады.