21-декабрь күни Шоманай районы 13-санлы балалар музика ҳәм кѳркем-ѳнер мектебинде жас ѳспиримлер арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, жаңа жыл байрамы алдынан мәҳәллелерде тынышлықты сақлаў ҳәм кешки ўақытлары жас ѳспиримлердиң биймезгил кѳшелерде жүриўлериниң алдын алыў бойынша кеңейтирилген жыйналыс болып ѳтти. Жыйналыста Шоманай районы ҳәкими орынбасары А.Кайпназаров, ҳал-қызлар комитети баслығы Д.Ибадуллаева, Ишки ислер бѳлими баслығы П.Искендеров, Халық билимлендириў бѳлими баслығы Ѳ.Султамуратов, Ѳзбекстан Жаслар аўқамы районлық Кеңеси баслығы М.Нарбаев ҳәм Шоманай районы ИИБ ҳуқықбузарлықлар профилактикасы аға инспекторы Н Қыдырбаев, 1-7-16-33-санлы мектеплердиң оқыўшы жаслары, ата-аналары ҳәм устазлары қатнасты.
Ушырасыўда район ҳәкими орынбасары А.Қайпназаров шығып сѳйлеп ҳәзирги күнде районымыз жасларының жетискенликлерин, жаслар ҳәм жас ѳспиримлер арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған унамлы жумысларды атап ѳтип , жол қойылған қате кемшиликлерге де сын кѳз бенен қараў кереклигин айтти. Сондай-ақ жаслардың бос ўақытларын мазмунлы ѳткериў мақсетинде жаңадан шѳлкемлестирилип атырған дѳгереклер ҳаққында айтып ѳтиў менен бирге қымбатлы ўақытларын китап оқыўды ҳәм районымыздағы спорт дѳгереклерине қатнасыўларына шақырып қалды.
Оннан соң районлық Ишки ислер бѳлими баслығы П.Искендеров шығып сѳйлеп жаслар ҳәм жас ѳспиримлердиң өз ақыл ойын, күш ғайратын толық көрсетиўи, жәмийетте ылайықлы орын ийелеўи ушын зәрүрли жағдайларды жаратып бериўди тийкарғы мақсет етип қойған бүгинги дәўирде жасларымыздың унамсыз ҳәдийселер садыр етиўи бул жасап турған орталығына ҳәм ўатанына қылған қыянети болып табылатуғынлығын айтып өтти.
Ишки ислер бѳлими баслығы П.Искендеров басламасы менен 2020-жылда жасларымыз ушын районлық ишки ислер бѳлими спорт залында «Айкидо» ҳәм «Қол гүреси» спорт дѳгереклерин шѳлкемлестириўди усыныс етти ҳәм бул усыныс мектеп оқыўшылары ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен мақулланды.