2019-жыл 24-декабрь күни Шоманай районы “Бегжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 6-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми жаңа имәраты пайдаланыўға тапсырылды.
Салнатлы ашылыў мәресимине Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, Шоманай районы ишки ислер бѳлими баслығы П.Искендеров, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги кадрлар бѳлими баслығы Н.Зийўатдинов, Шоманай район Мектепке шекемги билимлендириў бѳлими баслығы Б.Пирназаров ҳәм аўыл ақсақаллары, бир қатар тийисли шѳлкемлер баслықлары қатнасты.
Ашылыў салтанатын район ҳәкими Б.Янгибаев ашып берди. Соң Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги кадрлар бѳлими баслығы Н.Зийўатдинов, Шоманай районы ишки ислер бѳлими баслығы П.Искендеров, Шоманай район Мектепке шекемги билимлендириў бѳлими баслығы Б.Пирназаров ҳәм аўыл ақсақаллары имәраттың ашылыўы менен қутлықлады.
“Манғыт газ сервис” ЖШЖ прорабы А.Мийрманов жаңа имәраттың гилтин тапсырды ҳәм қутлықлады.Район ҳәкими келген мийманлар менен биргеликте балаларға жаңа жыл саўғаларын тапсырды ҳәм “Манғыт газ сервис” ЖШЖ прорабы А.Мийрманов, “Бегжап” аўыл пуқаралар жыйыны нураныйы Қ.Қырықбаевқа Шоманай районы ҳәкимлиги тәрепинен таярланған саўғаларды тапсырды.