ХАЛЫҚ
ДЕПУТАТЛАРЫ ШОМАНАЙ РАЙОНЫ КЕҢЕСИ ДЕПУТАТЛАРЫН ДИЗИМГЕ
АЛЫЎ ҲАҚҚЫНДА
2019-жыл 22-декабрьдеги халық депутатлары Шоманай районы Кеңесине сайлаўлар болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының “Сайлаў ҳаққында”ғы Нызамына толық муўапық түрде болып өткен сайлаўларда 19 466 сайлаўшы яки дизимге киргизилген сайлаўшылардың 83 пайызы қатнасты.
2019-жыл 22-декабрьде болып өткен сайлаў жуўмақлары ҳаққындағы округ сайлаў комиссияларының баянламаларына тийкар Қарақалпақстан Республикасының “Сайлаў ҳаққында”ғы Нызамының 20 ҳәм 78 – статьяларына муўапық халық депутатлары Шоманай районы Кеңесине сайлаў өткериўши Шоманай районы сайлаў комиссиясы
Қ А Р А Р Е Т Е Д И :
1. Халық депутатлары Шоманай районы Кеңесине сайлаў округларынан сайланған депутатлар қосымшаға муўапық дизимге алынсын.
2. Усы қарар жергиликли ғалаба хабар қуралларында жәриялансын.
3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Шоманай районы сайлаў комиссиясының хаткери С.Есназаровқа жүкленсин.
Халық депутатлары Шоманай районы
Кеңесине сайлаў өткериўши районлық
сайлаў комиссиясының баслығы Р.Галиакберов
2019-жыл 23-декабрь 34-сан