Усы жылдың 20-декабрь сәнесинде Ѳзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен илгери сүрилген 5 әҳмийетли басламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси тәрепинен мәкеме, кәрхана ҳәм шѳлкемлердеги жаслар арасында спорттың киши футбол түринен «ЖАСЛАР КУБОГЫ» спорт жарысы ѳткерилди.
Бул спорт жарысына район аймағындағы мекеме, кәрхана ҳәм шѳлкемлерден жәми 16 команда қатнасты ҳәм жарыс жуўмағында АК Халық банк Шоманай районлық филиалы командасы 1-орынды, районлық Халық билимлендириў бѳлими командасы 2-орынды ҳәмде районлық Абаданластырыў басқармасы командасы 3-орынды ийеледи. Жеңимпазларға шѳлкемлестириўшилер тарепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.