Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында жыл жуўмағы бойынша “Суд ҳәм исбилерменлер”. “Суд ҳәм жаслар” ушрасыўы болып өтти

Шоманай районында жыл жуўмағы бойынша “Суд ҳәм исбилерменлер”. “Суд ҳәм жаслар” ушрасыўы болып өтти

Шоманай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Қоңырат районлараралық судының Пуқаралық ҳәм Экономикалық ислер бойынша судьялары Н.Абдиҳакимов ҳәм А.Аяповлар район исбилерменлери, жеке кәрхана ийелери ҳәмде мекеме шөлкемлер хызметкерлери  менен ушрасыў шөлкемлестирди.

Ушрасыўды район ҳәкими Б.Янгибаев ашып берди. Ушрасыўда тийкарғы көзде тутылған мақсет исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар, қарыздарлығын өндириў, шешилмей атырған экономикалық мәселелер болып, қатнасыўшылар тәрепинен тараў бойынша берилген сораўларға ҳуқықый жуўаплар ҳәм түсиниклер берилди.

Соң Халық билимлендириў бөлимне қараслы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, оқыўшы жаслар менен ушырасты.

Ушрасыўда суд системасында болып атырған өзгерислер, әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барды.

Skip to content