Múrájat ushın isenim telefonı

background

Өзбекстан жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси жанындағы “JASLAR-KELESHEGIMIZ” фонды Шоманай районлық филиалы тәрепинен жас исбилерменлерге жеңиллетилген кредитлер әперилди

Өзбекстан жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси жанындағы “JASLAR-KELESHEGIMIZ” фонды Шоманай районлық филиалы тәрепинен жас исбилерменлерге жеңиллетилген кредитлер әперилди

Шоманай районындағы жас исбилерменлер А.Тажимуратов,                А. Жумабаев ҳәм И.Оразбаевлар «JASLAR-KELESHEGIMIZ» Мәмлекетлик дәстүри тийкарында  770 000 000 (жети жүз жетпис миллион) сўм жеңиллетилген кредит алып, ҳәзирги күнде А.Тажимуратов “Shomanay story kompleks” ЖШЖ кәрханасын ашып JBS-12 маркалы өзи жүклеўши битон араластырғыш тракторын сатып алып қурылыс жумысларын кеңейттирди. 

   А. Жумабаев “SHOMANAY GRAND PLUS” ЖМ кәрханасын ашып жасалма қапламалы спорт майданшасы қурылысын баслады. И.Оразбаев “AQJIBEK-AQTILEK” ЖМ кәрханасын ашып нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыўшы 2 дана Печка алып өз жумысларын баслады.

Усы жас исблерменлер район экономикасына өз үлесин қосып,           жәми 16 жастың бәнтилигин тәмийинледи. Сондай-ақ жас исблерменлер келешектеги режелери  халықтың талабын толық қанаатландырыў, халыққа сапалы хызмет етиў екенлигин атап өтти.

Skip to content