Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң 49-сессиясы болып өтти

Шоманай районында Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң 49-сессиясы болып өтти

Усы жылдың 18-декабрь күни Шоманай районында Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң 49-сессиясы болып өтти. Сессияда Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы баслығы Қ.Халмуратов, районнан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, районлық Кеңес депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, ҳуқық қорғаў органлары, пуқаралар жыйынлары ақсақаллары, Ҳаял-қызлар, Мәҳәлле, Нураный, Өзбекстан жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси, райондағы тийисли мәмлекетлик ҳәм жәмийетшилик шөлкемлери баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Б.Янгибаев ашып берип алып барды.

Күн тәртибинде төмендеги мәселелер көрип шығылды:

– Шоманай районының 2019-жыл бюджетиниң орынланыўы ҳәм 2020-жыл ушын бюджет параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында.

– Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды тәрепинен 2019-жылдың   9 ай даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша әмелге асырылған жумыслары ҳаққындағы (ахбарат) мәлимлемеси.

-Шоманай районы ҳәкимшилик суды тарепинен 2019 жыл даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша әмелге асырылған жумыслары ҳаққындағы (ахбарат) мәлимлемеси.

– Шоманай районы әдиллик бөлими тәрепинен 2019-жыл даўамында әмелге асырыў бойынша әмелге асырылған жумыслары ҳаққында.

Күн тәртибиндеги мәселер бойынша Шоманай районы Қаржы бөлими баслығы А.Султанов, Шоманай районы ҳәкимниң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары Қ.Ходжаметов, Шоманай районы Халық билимлендириў бөлими баслығы Ө.Султамуратов, Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Е.Абибуллаев, Шоманай районы ҳәкимшилик суды баслығы А.Кощанов, Шоманай районы адлия бөлими баслығы Ж.Сейтековлар сөзге шықты.

Сессия жуўмағында көрип шығылған мәселер бойынша халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси сессиясының қарарлары қабыл етилди.

Skip to content