Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районы Ҳалық бәнтлигине көмеклесиў орайы таза имәраты пайдаланыўға тапсырылды

Шоманай районы Ҳалық бәнтлигине көмеклесиў орайы таза имәраты пайдаланыўға тапсырылды

2019-жыл 10-декабрь күни Шоманай районы орайында жайласқан Ҳалық бәнтлигине көмеклесиў орайыныӊ таза имәратының ашылыў салтанаты болып өтти.

Ашылыў салтанатына Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлар федерациясы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниӊ орынбасары Ө.Қазақбаев, Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, “Қуўандық-бек” ЖШЖ бас инженери Б.Палымбетов  ҳәм қоңсылас районлардыӊ Бәнтликке көмеклесиў орайы баслықлары сондай-ақ район нураныйлары қатнасты.

Ашылыў салтанатын район ҳәкими ашып берип Мәмлекетимизде қурылыс тараўында қабыл етилген нызамлар ҳәм дәстүрлер, Президентимиз басламасы менен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм районымыздағы бир қанша жетискенликлер  ҳаққында айтып өтти.

Соӊ Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлар федерациясы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниӊ орынбасары Ө.Қазақбаев, Район нураныйлары Б.Исмайлов ҳәм Б.Бердимуратовлар жаңа имәрәттиң ашылыўы менен қутлықлады. “Қуўандық-бек” ЖШЖ бас инженери Б.Палымбетов жаңа имәраттыӊ гилтиӊ салтанатлы тапсырды. Имәратты қурыўда, бой тиклеўинде өз үлеслерин қосқан “Қуўандық-бек” ЖШЖ қурлысшыларына  район ҳәкимлиги тәрепинен саўғалар берилди.

Skip to content