Мәмлекетимиз бойлап мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын «экспресс-хызмет»и иске қосылып, ендигиден былай зәрүрли ҳүжжетлерди мәмлекетлик хызметлери орайларына бармастан почта арқалы алыў имканияты жаратылды.Ҳәзирше усы қолайлылық тәжрийбе түринде төмендеги хызметлер енгизилди:
-судланбағанлық (яки судланғанлық) ҳаққында мағлыўматларды алыўда;
-некениң дизимге алынғанлығы, некеде турмаслық яки некеден ажырасқанлық ҳаққында мағлыўматларды алыўда;
-мәнзил-мағлыўмат хабарларын усыныў хызметинде.
Тез арада бул хызмет санын кеңейтиў нәзерде тутылған. Усы хызмет тек ғана ықтиярый рәўиште көрсетиледи.Төлеми бар болған хызметлерде экспресс-хызметтен пайдаланыўда, мүрәжатшыға экспресс-хызмет инвойсы ҳәм басқа төлем инвойсы бир ўақыттың өзинде бериледи.Ҳүжжетлерди жеткерип бериў экспресс-хызметиниң баҳасы 8000 сўмды қурайды.
1.Мүрәжатшының ықтыярына қарап, арза толтырыў процессиниң ақырғы қәдеминен алдынғы қәдемде (басқа хызметлерде ақырғы қәдем ҳәм болыўы мүмкин) «Почта хызметинен пайдаланыў» түймеси басылады.
2.Почта алыўшының мағлыўматлары толтырылады ҳәм жеткерип берилиўи керек болған ҳүжжет(-лер) таңланады.
3.«Даўам етиў» түймесин басыў арқалы экспресс-хызметлер ушын төлеўге инвойс қәлиплестириледи.
4. «Арзаны толтырыўды даўам етиў» түймеси басылады.
5.Арза толық қәлиплеседи ҳәм жибериледи.
Мағлыўмат ушын: Мәмлекетлик хызметлер орайларына мүрәжат етиўши халықтың саны анализ қылынғанда, олардың 70 пайызы таяр болған ҳүжжетлерди алып кетиў ушын келгенлиги анықланған.Бул «экспресс-хызмет»тиң иске қосылыўы орайларда пуқаралар ағымының кескин кемейиўине алып алып келип, артықша нәўбет күтиўдиң алдын алады.