Múrájat ushın isenim telefonı

background

“Ер азизбек” фермер хожалығы жаңадан 20,000 шөже шығарыў қуўатлықтағы инкубаторды иске қосты

“Ер азизбек” фермер хожалығы жаңадан 20,000 шөже шығарыў қуўатлықтағы инкубаторды иске қосты

Шоманай районындағы “Ер азизбек” фермер хожалығы 2019-жыл май айында Бройлер гөш жѳнелиси бойынша ѳз жумысын баслаған болып,  таўық, гѳш ҳәм шѳже ѳнимлерин халыққа жеткерип турыпты.

Қўсшылықты жәнеде раўажландырыў мақсетинде 2 дана 20,000 шѳжеге арналған инкубация шкафларын алып келип,  5-декабрь күни 20,000 дана мәйектен шѳже шығарды. Яғный  22 күнде салынған мәйеклер шѳже болып шықты. Бүгинги күнде 10 күнлик бройлер шѳжелери жақсы тәрбия қылынбақта ҳәм 25-30 күннен кейин халыққа бройлер таўық гѳши жеткерип бериледи.

Skip to content