Múrájat ushın isenim telefonı

background

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 27-жыллық байрамы Шоманай районында кең белгиленди

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 27-жыллық байрамы Шоманай районында кең белгиленди

Мәмлекетлик нызамлар жыйындысы болған конституциямызға 27-жыл толыў мүнәсийбети менен Шоманай районы 13-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде байрам ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы “Нураный” жәмийети баслығы Ш.Уснатдинов, Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлар федерациясы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы У.Жалменов, Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм район сектор басшылары, ҳәқим орынбасарлары, ҳуқық қорғаў органлары хызметкерлери, мекеме ҳәм шөлкемлер басшылар менен жаслар қатнасты.  Ушырасыўды район ҳәкими Б.Янгибаев ашып берип,Мәмлекетимизде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм райондағы жетискенликлер ҳаққында айтып өтти.

Соң Қарақалпақстан Республикасы “Нураный” жәмийети баслығы Ш.Уснатдинов, Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлар федерациясы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы У.Жалменов ҳәм шайыр Қ.Наўрызовлар конституциямыздың  27-жыллық байрамы менен қутлықлады. Шоманай районы прокуроры М.Оразбаев конституция ҳаққында баянат қылды. Ушырасыў соңында районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған байрам концерти менен даўам етти.

Skip to content