Шоманай районы “Ақ жап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде Шоманай районы Сектор басшыларының нәўбетдеги көшпели қабыллаўы болып өтти.
Көшпели қабыллаўға Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, район прокуроры М.Оразбаев, ишки ислер бөлими баслығы П.Искендеров, “Ақ жап” аўыл пуқаралар жыйыны ақсақалы Т.Назаровлар ҳәм тийисли тараў қәнийгелери менен аўыл пуқаралары қатнасты. Көшпели қабыллаўда аўыл пуқараларынан жами 3 мүрәжәәт келип түскен болып 2 мүрәжәәт өз орнында шешилген болса, қалған 1 мүрәжәәтти шешиў бойынша тийисли тараў қәнийгелерине ўазыйпалар бөлистирилип берилди.
Сондай-ақ Шоманай районы “Моншақлы” мәкән пуқаралар жыйыны аймағындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде Сектор басшыларының “Моншақлы” мәкән пуқаралар жыйынындағы пуқаралар менен көшпели қабыллаўы болып өтти. Халықтың машқаласын тыңлаў, оларды орнында шешиўге қаратылған көшпели қабыллаўда жами 3 мүрәжәәт келип түскен болып соннан 2 мүрәжәәт өз орнында шешилди. 1 мүрәжәәт тийисли тараў қәнийгелери тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылмақта.