Усы жылдың 5-декабрь сәнесинде Шоманай агроэкономика кәсип-ѳнер коллежинде “Ѳзбекстан жаслары жаңа Сайлаў қарсаңында” атамасында биринши мәртебе сайлаўға қатнасыўшы жаслар менен сәўбетлесиў кешеси болып ѳтти.
Бул сәўбетлесиў кешесинде Шоманай районы Әдиллик бѳлими баслығы Ж.Сейтеков, Жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси баслығы, районлық Сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары М.Нарбаев, кәсип-ѳнер колледжиниң оқытыўшылары ҳәм окыўшы жаслары қатнасты.
Миллий нызамшылығымызға тийкар сайлаў күни 18 жасқа толған Өзбекстан Республикасы пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе есапланады. Сайлаў күни 21 жасқа толған ул ҳәм қызлар жергиликли Кеңеслерге, 25 жастан баслап Олий Мажлис Нызамшылық палатаси депутатлығына сайланыўы мүмкин. Усы жылғы сайлаўларға қатнасыўшы сайлаўшылардың 55.2 пайызын 30 жасқа шекемги болған жаслар қурайды екен. Демек бул сайлаўларда жаслардың орны қаншелли әҳмийетли екенинен дәрек береди.
Бул ушырасыў кешесин шѳлкемлестириўден тийкарғы мақсет жаслардың сиясый-ҳуқықый билимлерин жәнеде беккемлеў, ѳз пикир ҳәм усынысларын билдириў, ѳзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алыў имкәниятын жаратып береди.
Сайлаўларда қатнасыў жаслардың Конституциялық ҳуқықый миннети, жәмийет ҳәм мәмлекет ислерин басқарыўда қатнасыў ушын имкәният екенлиги, мәмлекетимиз келешегине садықлық пенен хызмет қылыўы мүмкин болған ең мүнәсип талабанларға даўыс бериўимиз, бул Ўатанымыз келешеги ушын даўыс бериў екенлиги жасларға кеңнен түсиндирилип ѳтилди.
Сәўбет соңында жаслар ѳз усыныслары ҳәм сораўларына тараў қәнигелеринен толық жуўаплар алды.