Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында “Зүрәәт” байрамы мүнәсип белгиленди

Шоманай районында “Зүрәәт” байрамы мүнәсип белгиленди

Президентимиз басламасы менен декабрь айының екинши екшембисин аўыл хожалығы хызметкерлери күни деп белгилениўи дийхан-фермерлерге, гүллән халқымызға болған айрықша итибары деп билемиз. Районымыз дийхан-фермерлериниң мийнетлерин мүнәсип баҳалаў, оларды сыйлықлаў мақсетинде усы жылдың 5-декабрь күни Шоманай районында “Байрамың мүбәрек фермер дийханым” атамасында салтанатлы байрам кешеси шѳлкемлестирилди.

Байрам кешесине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы З.Зиядуллаев, Қарақалпақстан Республикасы “Нураный” жәмийети баслығы Ш.Уснатдинов, Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлар федерациясы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы У.Жалменов, Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм сектор басшылар, ҳәким орынбасарлары менен бир қатар аўыл хожалығы хызметкерлери қатнасты.

Аўыл хожалығы хызметкерлери байрамы мүнәсийбети менен пахта жыйын терим мапазында ең кѳп пахта терген шаңарақлардан А.Сапармамедова мототележка, А.Баўетдинов музлатқыш, Я.Гурбанов телевизор менен сыйлықланды. Сондай-ақ аўыл хожалық хызметинде белсенди қатнасқанлар Ең кѳп пахта тапсырған фермер, Ең кѳп зүрәәт алған фермер, пахта режесин бириншилерден орынлаған фермер хожалықларына, Аўыл ҳәм мәкән пуқаралар жыйынлары ақсақаллары, аўыл хожалығы белсендилери, Белсенди ҳаял-қызларға район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Аўыл хожалығы хызметкерлери Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлар федерациясы Қарақалпақстан Республикалық бөлими тәрепинен “Миннетдаршылық хаты”  менен сыйлықланды. Аўыл хожалығы хызметкерлери байрамы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Skip to content