Өткерилген жаслар форумына Тошкент Фининс институты профессор оқытыўшылары Ш.Аллаёров, З.Аллабергенов, Т.Болтаев, И.Алмарданов, М.Мизаевлар ҳәм район ҳәкими Б.Янгибаев, , Нөкис мәмлекетлик педагогика институты доценти А.Ембергенов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги хызметкери А.Бегжанов, район халық билимлендириў бөлими баслығы О. Султамуратовлар қатнасты. Форум район ҳәкими Б.Янгибаев, Республика исши топар ағзасы Ш.Аллаёровлардың кирис сөзлери менен ашылды.
Мектеп оқыўшылары түрли миллет ўәкиллериниң кийимлерин кийип олардың өзлерине тийисли уранларын хор менен биргеликте айтып байрамды жоқары дәрежеде өткерди.
Сондай-ақ мектеп кирер фойесинде мектеп оқытыўшы ҳәм оқыўшылары тәрепинен таярланған ҳәр түрли миллетлердиң миллий буйымлары, қыз-келиншеклердиң безек тағыншақлары ҳәм ҳәр миллеттиң өзине тән болған миллий тағамлар көргизбеси шөлкемлестирилди. Мектеп залында оқыўшылар ҳәр миллеттиң миллий кийимлерин кийип Мәмлекетимиз гимнин биргеликте атқарғанында бәрше форум қатнасыўшыларында өзгеше сезим оятты.
Форум жуўмағында белсене қатнасқан мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары Республика исши топар ағзалары, Район ҳәкимлиги ҳәм Халық билимлендириў бөлими тәрепинен «Ҳүрмет жарлық» «Миннетдаршылық хаты» ҳәм қымбат баҳалы естелик саўғалар менен сыйлықланды.