Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-сентябрьдеги «Кексе әўлад ўәкиллериниң жәмийеттеги орны ҳәм социаллық белсендилигин жәнеде асырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 816-санлы қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен «Кекселер ҳәм майыплылығы бар болған шахсларға мәмлекетлик хызмет көрсетиў дәрежеси ҳәм сыпатын асырыў, оларға қолайлылықлар жаратыў ушын «Мамый», « Ақ жап», «Айбүйир», «Сарманбайкөл» пуқаралар жыйынлары аймақларында көшпели қабыллаў ҳәм мәмлекетлик хызмет көрсетиў шөлкемлестирилди.
Көшпели қабыллаў ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетиў барысында қарар менен тастыйықланған ис-иләжлар Дәстүриниң 10-бәнтине муўапық пуқаралар тәрепинен билдирилген бир қатар машқалалар өз орнында шешилди ҳәм 15 тен аслам машқалалар ҳәм усыныслар тийисли шөлкемлер менен талықланып, нәтийжеси бойынша тийисли тәртипте зәрүрли иләжлар көриў ушын район ҳәкимлигине, коммунал кәрханларға, сектор басшыларына усыныслар киргизилди.