Балалардың ойлаў қәбийлетин жақсылаў, руўхый ҳәм психологиялық потенциялын асырыў, олардың шахматқа деген қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде Шоманай районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлими тәрепинен 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде шахмат дөгереги ашылды.
Ол жерде балалардың шахмат ойнаўына барлық қолайлықлар жаратылған болып тәжрийбели қәнийгелер тәрепинен балаларға шахмат сырлары үйретилмекте.