Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында «Суд ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти

Шоманай районында «Суд ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти

Жәмийетимизде жаслардың ҳуқыйқый мәдениятын асырыў пуқаралық жәмийетке тийкарланған демократик мәмлекетимиздиң алдыға қойған мақсетлеринен бири есапланады. Өзбекстан Жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси, Ҳәкимшилик ислери бойынша Шоманай районлық суды менен биргеликте Шоманай районы судлар имәратында 2019-жыл 28-ноябрь күни “Суд ҳәм жаслар” ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыўға Шоманай районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 33-санлы қәнийгелестирилген мектептиң окыўшы жаслары қатнасты. Дәслеп, оқыўшы жасларға елимизде суд-ҳуқық системасында алып барылып атырған өзгерислер, адасып жынаят жолына кирип қалған жасларға жаза түрлерин жеңиллестириў ҳәм олар менен турақлы түрде ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған тәдбирлер ҳаққында сөз жүритилди.

– Жаслар ортасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған профилатика иләжлары көплеп өткерилип атыр, деген менен айырым жаслардың билип-билмей социаллық тармақлардағы жаман иллетлерге қосылып қалыў ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықлар садыр етиў жағдайлары ушырасып турыпты. Перзент ушын үйде ата-ана, оқыў орынларында болса оқытыўшы ҳәм устазлары көплеў жуўапкер болады.

Биз биргеликте үгит-нәсият иләжларын ҳәм түсиндириў жумысларын алып барсақ, жаслар менен байланыслы жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алып, оларды кемейтириўге ерискен боламыз дейди Шоманай районы Ҳәкимшилик ислери бойынша  судьясы А.Кощанов. Иләж даўамында оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Skip to content