Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында улыўма билим бериў мектеплерине ѳқыў қураллары салтанатлы тапсырылды

Шоманай районында улыўма билим бериў мектеплерине ѳқыў қураллары салтанатлы тапсырылды

Ўатан ата-бабаларымыздан бизге мийрас етип калдырылған уллы қадирият.  Солай екен ѳз Ўатанын сыртқы жаўлардан қорғаў, оған ғамқорлық етиў, ҳәр бир қысым топрағын кѳз қарашығындай асырап-абайлаў ҳәр бир ер жигиттиң миннети ҳәм парызы есапланады. Мәмлекетимизде жаслардың санасына усындай сезимлерди сиңдириў, оларды Ўатансүйиўшилик руўхында тарбиялаў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Улыўма билим бериў мектеплеринде жасларды әскерий шақырыққа таярлаў сабақлары буған дәлил бола алады. Усы жылдың 15-ноябрь күни Шоманай районында Шоманай районы Қорғаныў бѳлими тәрепинен улыўма билим бериў мектеплерине оқыў қураллары салтанатлы тапсырылды.

Skip to content