2019-жыл 22-декабрьде болып өтетуғын нәўбеттеги Олий мәжлис нызамшылық палатасы, халық депутатлары ўалаят, район ҳәм қалалық Кенеслерине депутатларды сайлаў бойынша барлық округ ҳәм участкалар баслықлары, орынбасарлары, хаткерлери, ҳәм ағзаларынына 20-21-22-23 ноябрь күнлери семинар-тренинг шөлкемлестирди.
Семинарда ашықлық ҳәм әшкаралық тәризде болып өтетуғын сайлаў бойынша ең аҳмийетли ўазийпалар түсиндирилип өтилди ҳәм сайлаў қүни сайлаўшыларды дизимге алыў тәртиби, сайлаў бойынша қабыл етилген нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлерди толығы менен билиўи кереклиги айтып өтилди.