Мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық иләжларын системалы шѳлкемлестириў бойынша жәмийет шѳлкемлериниң 2019-жыл ноябрь-декабрь айларына мѳлшерленген, шериклик дәстүриниң орынланыўын тәмийнлеў, кәсипке бағдарлаў жас қызлардың социяллық-сыясый белсендилигин асырыў, оларды руўхый әдеп-икрамлылыққа тәрбиялаў, шаңараққа қайта таярлаў, жедел тәжрийбелерди ен жайдырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде 15-ноябрь күни Шоманай районында «Маърифатли қизнинг қадами қутлуғ келур» акциясы шѳлкемлестирилди.
Акция шеңберинде спортшы қызлардың Гимнастика ҳәм Каратэ спорт түрилеринен кѳргизбели шығыўлар, қол мийнети менен жасалған буйымлар кѳргизбеси, қызлар арасында «Биз саламат турмыс тәрепдарымыз» ураны астында қызлар марафоны ѳткерилди. Акция концерт бағдарламасы менен даўам етти.