Múrájat ushın isenim telefonı

background

«Дийханабад» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы аўыл шаңарақлық поликлиникасы жаңа имәраты иске қосылды

«Дийханабад» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы аўыл шаңарақлық поликлиникасы жаңа имәраты иске қосылды

Шоманай районы «Дийханабад» АПЖ аймағында жайласқан 57-санлы аўыл шаңарақлық поликлиникасы 15-ноябрь күни пайдаланыўға тапсырылды. Тазадан пайдаланыўға тапсырылған аўыл шаңарақлық поликлиникасында сменаға  50 қатнаў қуўатына ийе тез жәрдем бѳлими жеделлик пенен хызмет кѳрсетип келмекте.

Бүгинги күнде шаңарақлық поликлиникасында тараў қәнийгелеринен Хирург, Акушер, Гинеколог ҳәм Терапевтлер заманагѳй технологиялардан пайдаланып халыққа сапалы хызмет кѳрсетпекте.

Физиотерапия аппаратлары ҳәм басқада барлық керекли үскенелер менен толығы менен тәмийнленген. Таза имәраттың ашылыў салтанатына Район ҳәкими Б.Янгибаев, 2-сектор баслығы район прокуроры М.Оразбаев, «Дыйханабад» АПЖ ақсақалы П.Нургалиев, ϴзбекстан жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси баслығы М.Нарбаевлар қатнасып салтанатлы ашылыў менен қутлықлады ҳәм қурлысшыларға сыпатлы ислегени ушын «Артел» компаниясында ислеп шығарылған телевизор саўға ретинде тапсырылды.   

Skip to content