Múrájat ushın isenim telefonı

background

«Бес баслама –бес имкәният» фестивалы улыўма билим бериў мектеплеринде даўам етпекте

«Бес баслама –бес имкәният» фестивалы улыўма билим бериў мектеплеринде даўам етпекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында    2019-жыл 19-мартта өткерилген “Жаслар менен ислесиўди үнемли шөлкемлестириўде мәденият, көркем-өнер, спорт, хабар технологиялары, китап оқыўға қызығыўын асырыў” бойынша 5 әҳмийетли басламаны кең түрде үгит-нәсиятлаў, халық, хабардарлығын асырыў бойынша видео мәжлисиндеги белгиленген ўазыйпаларды орынлаў  мақсетинде улыўма билим бериў мектеплеринде үгит-нәсият тәдбирлери шөлкемлестирилмекте.

Атап айтқанда 16-санлы мектепте жаслар арасында кестешилик, суўретлеў ѳнери ҳәм заманагѳй технологиялардан пайдаланып компютерде суўрет салыў бойынша, 19-санлы мектепте Миллий кийимлер кѳргизбеси ҳәм китап қумарлықты раўажландырыў бойынша “Билимданлар аренасы” таңлаўы, 14-мектепте миллий аяқ ойын ҳәм қосық айтыў таңлаўы, 13-мектепте спорттың стол теннис ҳәм футбол түринен таңлаўлар болып ѳтти. Жаслардың бос ўақытын мазмунлы шѳлкемлестириў бойынша “Бес баслама-бес имкәният” атамасындағы фестиваль  даўам етпекте.

Skip to content