Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев медицина хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўында «Биз сизлердиң тымсалыңызда халық саламатлығы жолында өз тынышлығынан кешип, күнди түнге жалғап, пидайи мийнет қылып атырған уллы кәсип ийелерин көремиз».
Танықлы грек шыпакери Гиппократтың « Медицина бәрше илмий дөретпелер ишинде ең уллы илим ҳәм дөретиўшилик» , деген сөзлери машақатлы ҳәм пидәкарана кәсибиңизге берилген ҳақыйқый баҳалаў. деген еди.
Хақыйқатында да шыпакерлик кәсиби басқа кәсиплер ишинде жўўапкершиликли ҳәм машақатлы есапланады. Сол ушында медицина тилинде ақ қалатқа дақ түспесин деген үлгили сөзлер бар.
Шыпа излеп барған наўқасларды тек ғана дәриси менен емес ал, жыллы сөзлери, ақ кеўиллиги менен де емлеп киятырған Шоманай районы медицина бирлеспеси хызметкерлери, усы жылдың 11-ноябрь күни Шоманай районлық медицина бирлеспесинде Шыпакерлер байрамын көтериңки руўхта шөлкемлестирди.
Тадбирде Шоманай районы ҳәкимлиги шыпакерлерди байрам менен қутлықлап, район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған «Ҳүрмет жарлық »лары, Компютер топламлары ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.