2019-жылдың 13-ноябрь күни Шоманай районында «Ойла» илимий-әмелий иззертлеў орайы, Шоманай районы «Ҳаял-қызлар» комитети, Өзбекстан жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси менен биргеликте жас шаңарақлардың беккемлигин тәмийнлеў, шаңарақта келин-күйеў ўазыйпаларын қәлиплестириў, оларға психологиялық жақтан жәрдем етиў ҳәм ҳуқықый көнликпелерди беккемлеў мақсетинде «Келин-күйеўлер» инновацион мектеби ашылды.
Бул мектепке жас шаңарақлардан 11 шаңарақ ағза болып, оларға район медицина бирлеспесинен тийисли қәнийгелер, Район Жомье мешитинен имам хаткерлер, Психологлар ҳәм ҳуқықтаныўшылар келип сабақ береди.
Биринши сабақты «Ойла» илимий-әмелий иззертлеў орайы баслығы Б.Қуденова ҳәм Шоманай районы Жомье мешити имам хаткери Б.Ахмедовлар өтти.