Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жәмийетлик шѳлкемлердиң шериклик дәстүри тастыйықланды

Жәмийетлик шѳлкемлердиң шериклик дәстүри тастыйықланды

Мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық тадбирлерин системалы шѳлкемлестириў бойынша жәмийетлик шѳлкемлердиң 2019-жыл октябрь-декабрь айларына мѳлшерленген шериклик дәстүрин тастыйықлаў бойынша ушрасыў болып ѳтти.

Ушрасыўға Пуқаралардын ѳзин-ѳзи басқарыў органлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Шоманай районы Кеңеси баслығының биринши орынбасары Н.Жадигеров, Шоманай районы «Ҳаял-қызлар камитети» баслығы Д.Ибадуллаева, Шоманай районы Руўхый-ағартыўшылық орайы баслығы И.Алланиязов, Жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси баслығы М.Нарбаев, Шоманай районы «Нураный фонды» баслығы Х.Жарылқасынов ҳәм «Шаңарақ» илимий-әмелий иззертлеў орайы Шоманай районы бѳлими баслығы Б.Қуденовалар қатнасты.

Белгиленген шериклик дәстүрде Шаңарақларда руўхый-ағартыўшылықты қәлиплестириў, сырт ел мәдениятынан кирип келип атырған жаман иллетлерден мәҳәлледеги жасларды қорғаў, той мерекелерди ықшамластырыў, Нуранийларға ҳүрмет кѳрсетиў, Мәҳәллелерде абаданластырыў жумысларын алып барыў киби мәселелер кѳрип шығылды.

Skip to content