Шоманай районы ХББ не қараслы 33-санлы қәнийгелестирилген мектеп ҳәмде 11-санлы мектеп жаслар жетекшилери басламасы менен оқыўшы жаслардың бос ўақытын мазмунлы ѳткериў мақсетинде 8-ноябрь күни Нѳкис қаласына саяхат шѳлкемлестирилди.
Саяхат даўамында оқыўшылар ең дәслеп Республикалық Жаслар орайына барып, ол жердеги жаратылған имкәниятлар, дѳгереклер ҳәм дѳгеректеги қолайлықлар менен танысты.
Соң Бердах атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы академик театры ҳәм Жас тамашагѳйлер театрларына барып Мәдений ҳәм руўхый азық бағышлайтуғын спектакллер тамаша етти.
Миллий, Тарийхый ҳәм кѳркем-ѳнерликти келешекке мийрас етип қалдырып, ҳәзирги күнде Орайлық азияда ѳз орнына ийе И.В.Советский атындағы кѳркем-ѳнер музейине саяхат етип ол жердеги естеликлер оқыўшы жасларға ѳзгеше сезим бағышлады.