Múrájat ushın isenim telefonı

background

Сайлаў бойынша үгит-нәсият даўам етпекте

Сайлаў бойынша үгит-нәсият даўам етпекте

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Шоманай районлық Кеңеси тәрепинен районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы   7-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Жаңа Өзбекстан Жаңа сайлаўлар» атамасында ушырасыў болып өтти.

            Ушырасыўда партияның районлық Кеңеси баслығы Гулжахан Сапарбаева қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 22-декабьрде Олий Мажлиске жоллаған мүрәжатнамасында айрықша түрде атап өтилген, Өзбекстанда усы күнге шекем демократиялық сайлаўлар өткериўде, сайлаў кодексиниң қабыл етилмегенлигине сын көз қарасты айтып өткен еди.

 Бул бойынша Өзбекстан Республикасында     2018-жылдан баслап исши топар қурамы дүзилип,  20 дан аслам раўажланған Франция, Нидерландия, Канада, Италия, Швеция, Белгия, Польша, Албания, Беларусь, Азербайжан, Туркия сияқлы мәмлекетлердиң тәжрийбеси ҳәмде усы тараўдағы халықаралық стандартлар толық үйренип шығылып, сайлаўға байланыслы 10 нан артық халықаралық ҳүжжетлер салыстырмалы түрде көрип шығылды. Нәтийжеде 2019-жыл 26-июньда Өзбекстан Республикасында сайлаўларды өткериў бойынша инсаныйлық миллий қадариятларға сай келиўши 18 бап 103 статьядан ибарат болған «Сайлаў кодекси қабыл етилди.

Бул сайлаў кодексиндеги белгиленген нормаларға тийкар   усы жылдың  22-декабрь күни Олий Мажлис нызамшылық палатасы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәмде Халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўлар, әлбетте демократиялық, әшкаралық партиялар арасында күшли бәсеки, алдыңғы сайлаўларға қарағанда парықлы рәўиште өтиўи белгиленгенлиги бойынша мағлыўматлар берип өтилди.

Skip to content