Шоманай районы Сарманбайкөл АПЖ аймағында жайласқан 30-санлы улыўма билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 4-сентябрьдеги «Диний-ағартыўшылық тараўы жумысын жеделлестириў бойынша қосымша ис-иләжлар хаққында» ғы ПҚ 4436-санлы қарары орынланыўын тәмийнлеў, жәмийетте «Жаҳолатга қарши-маърифат » уллы идея тийкарында ҳаял-қызлардың миллий үрп-әдет, дәстүрлеримизге тән болмаған басқа миллетлердиң кийиниў мәдениятына еликлеўиниң алдын алыў ҳәм «Ғалабалық мәденият» қа қарсыгүресиў максетинде Ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте «Кемпир апам кийген липаслар» үгит-нәсиятлаў жумыслары өткерилди.
Иләж даўамында оқыўшы қызлар тәрепинен Үлкен апаларымыз, аналарымыз кийген кийимлер көргизбеси өткерилди ҳам миллий липаслар ҳаққында фото слайд қойып берилди.