Елимиздиң шегарасын көз қарашығындай қорғап, бизлердиң тынышлығымызды тәмийнлеп турған ўатан қорғаўшылары тек ғана әскерий таярлықта емес ал, мәдений-руўхый тараўданда өзлерин көрсетпекте. Өзбекстан Республикасы миллий қәўипсизлик хызмети әскерий оркестри Шоманай районы халқы ушын мәдений кеше шөлкемлестирди.
Мәдений кешеге район халқы, жәмлеспеген жаслар ҳәм ҳаял-қызлар қатнасты. Концерт бағдарламасы жуўмағында оркестр топарына Шоманай районы ҳәкимлиги тәрепинен «Миннетдаршылық» хаты тапсырылды.