Мәмлекетимиз тарепинен қабилийетли жасларды қоллап-қуўатлаў, оларға кең имкән жаратып бериў мақсетинде ҳәр бир тараў бойынша Президентимиз тәрепинен мәмлекетлик сыйлықлар енгизилмекте.
Сол қатары ҳаял-қызлардың мийнетлерин баҳалаў ҳам оларға миннетдаршылық ретинде 1999-жыл 10-июнь күни «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлық енгизилди. Сол мүнәсийбет пенен Шоманай районы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде мәмлекетлик сыйлыққа талабан ҳаял-қызларды саралап алыў районлық басқышы өткерилди.