Халықты дәслепки дизимге алыў әйемги Греция, Вавилон, Месопатамия, Рим, Қытай, Япония ҳәм Мысрда өткерилген. Бирақ, бул халық дизиминиң мақсети халықтан салық жыйнаў, яғный бажы алыў болған. Соның ушын да, бул халық дизиминде тийкарынан еркеклер дизимге алынған. Себеби, ол дәўирлерде еркеклердиң экономикалық орны жоқары болған, салық төлеўде тек ғана еркеклер, яғный шаңарак баслықлары қатнасқан.
Халықты ең биринши рәсмий дизимге алыў 1790 жылда АҚШ та, кейин 1800 жылда Щвеция ҳәм Финландияда, 1801 жылда – Англия, Дания, Норвегия ҳәм Францияда өткизилген. Бирақ, бул халық дизими жүдә әпиўайы тәризде болып узақ мүддетке созылған. Мәселен биринши АҚШ та дизимге алыў ислери 18 ай даўамында алып барылған.
XIX әсирге келип, халықты дизимге алыў жүдә кеңейди. Европа мәмлекетлеринде статистика органы дүзилди. Халықты дизимге алыў илимий дәстүрлер тийкарында алып барылыўы жолға қойылды. Тийкарынан, 1870-1879 жылларда дүньяның 48 мәмлекетинде, 1890 жылларда болса 57 мәмлекетинде халықты дизимге алыў өткизилген. XIX әсир ақырында дүнья халқының 21 пайызы дизимге алынған болса, XX әсир басында 54 пайызы дизимнен өткизилген.
Екинши дүнья жүзлик урысынан кейин, халықты дизимге алыў дизими жәнеде жәмлестирилди. 1945-1954 жылларда – 151 мәмлекетте, 1965-1974 жылларда– 179 мәмлекетте халық дизими өткизилген. *әзирги ўақытта, дүньяда бәрше мәмлекетлерде халықты дизимге алыў ислери алып барылмақта.
Республикамызда демографик ҳалатын үйрениўде мәмлекет көлеминде өткизилген халық дизими мағлыўматлары әҳмийетли есапланады. Мағлыўматларға қарағанда,Ɵзбекстан аймағында дәслепки халық дизими 1897 жылда өткизилген болып, усы дизим мағлыўматлары XIX әсир ақырында Ɵзбекстанда бар болған шаңарақлар саны, халық саны, жасы ҳәм жынысы, этник дүзилиси, туўылыў, өлим киби демографик ҳалатлар ҳаққында көринислер пайда етиўде жәрдем берген. Ɵзбекстан аймағында кейнинен 1926, 1939, 1959, 1970, 1979 ҳәм 1989 жылларда халықты дизимге алыў ислери шөлкемлестирилген.