Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2019-жыл 19-мартта өткерилген “Жаслар менен ислесиўди үнемли шөлкемлестириўде мәденият, көркем-өнер, спорт, хабар технологиялары, китап оқыўға қызығыўын асырыў” бойынша 5 әҳмийетли басламаны кең түрде үгит-нәсиятлаў, халық, хабардарлығын асырыў мақсетинде Жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси тәрепинен ҳәр ҳәптениң жума ҳәм шемби күнлери үгит-нәсият тәдбирлери шөлкемлестириў системалы жолға қойылды.
Бүгинги күнге шекем, Шоманай районында 5 басламаны кең түрде үгит-нәсиятлаў, халық, жаслардың хабардарлығын асырыўға қаратылған 120 тәдбир ҳәм жойбарлар шөлкемлестирилип, 14 мыңнан артық жаслар қамтып алынды.