Ҳәр қандай мәмлекеттиң тарийхы – бул биринши нәўбетте, онда жасайтуғын халықтың тарийхы, халықтың саны ҳәм қаталамы оның экономикалық ҳәм социаллық көрсеткишлерде өз сәўлесин табады Халық саны бойынша анық ҳәм толық мағлыўматлар халықты дизимге алыў тийкарында алынады.
Халықты дизимге алыў жуўмақларына қарап өтмиш ҳәм ҳәзирги дәўир ҳаққында пикир ҳәм усыныс жүритиў ҳәмде келешекти прогноз қылыў мүмкин болады.
Қатар ҳалатларда халықты дизимге алыў-халықтың жасы, жынсы, миллий дизими, мағлыўмат дәрежеси, неке ҳалаты, бәнтлиги ҳәм басқада мағлыўматлар алыўда бирден-бир система болып хызмет етеди.
Халықты дизимге алыў-бул мәмлекетлик халқының мәлим бир ўақыт ишинде «фото сүўрет»ти алыў имкәният бериўши улыўма мәмлекетлик көлеминде кең көлемли ис-иләж болып, халық туўрысындағы исенимли мағлыўмат есапланады.