Жәмийетимизде ҳаял-қызларға деген ҳүрмет итибар оғада жоқары. Себеби жәҳәнде «Пидайы» деген сөзге ең мүнәсип болған «Ана» тымсалы алдында бәршемизде бас ийемиз. Халқымыздың разылығы аналарымыз, ҳаял-қызларымыз разылығы менен байланыслы. Сол себептен 2007-жыл БМШ бас ассамблеясының 2007-жыл 18-декабрьдеги 62/136-санлы резолюциясы менен 15-октябрь «Халықаралық аўыл ҳаяллары» күни деп тастыйықланды.
15-октябрь «Халықаралық аўыл ҳаяллары» күни мүнәсийбети менен Шоманай районында байрам кешеси шөлкемлестирилди. Байрам кешесинде аўылларда барлық тараўлар бойынша белсендилик көрсетип, пидайы мийнет етип киятырған бир қатар ҳаял-қызлар байрам дәстүрханы әтирапына жыйналды ҳәм оларға Район ҳәкимлиги тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.
Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған әжайип қосықлар ҳәм аяқ ойынлар байрамға өзгеше кейпият бағышлады.